5 кепиллик (Жаслар )
Жаслардың ҳуқықларыМәмлекет жаслардың жеке, сиясий, экономикалық, социаллық, мәдений, экологиялық ҳуқықлары қорғалыўын тәмийинлейди.
Мәмлекет жаслардың жәмийет ҳәм мәмлекет турмысында белсенди қатнасыўын хошаметлейди.
Мәмлекет жаслардың интелектуал, дөретиўшилик, физикалық ҳәм әдеп-икрамлылық жақтан қәлиплесиўи ҳәм де раўажланыўы ушын шараятлар жаратады.
Мәмлекет жаслардың билим алыўына, денсаўлығын сақлаўға, турақ жайға, жумысқа орналасыўына, бәнтлик ҳәм дем алыўға болған ҳуқықларын әмелге асырыў ушын шараятлар жаратады.
Мәмлекет ҳәм жәмийет де жасларда миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға садықлықты, мәмлекеттен және де халықтың бай мәдений мийрасынан мақтаныш етиў, ўатан сүйиўшилик ҳәм Ўатанға болған мухаббат сезимин қәлиплестириў ҳаққында ғамқорлық етеди.