23-статья.
Өзбекстан Республикасы пуқарасыӨзбекстан Республикасы өзиниң аймағында да, оның сыртында да өзиниң пуқараларын қорғаў ҳәм оларға ғамқорлық көрсетиўде кепиллик береди.
Өзбекстан Республикасы пуқарасы Өзбекстаннан сыртқа мәжбүрий шығарып жиберилиўи ямаса басқа мәмлекетке берип жиберилиўи мүмкин емес.
Мәмлекет сырт елде жасап атырған ўатанласлар менен байланысларды сақлап қалыў ҳәм раўажландырыў ҳаққында халықаралық ҳуқық нормаларына муўапық ғамқорлық етеди.