Саўлыгын сақлаў ҳәм маман медициналық хызметтен пайдаланыў ҳуқықы
Медициналық хызметтен пайдаланыў ҳуқықыҲәр ким денсаўлығын сақлаў ҳәм қәнигели медициналық хызметтен пайдаланыў ҳуқықына ийе.
Өзбекстан Республикасы пуқаралары медициналық жәрдемниң кепилленген муғдарын нызамда белгиленген тәртипте мәмлекет есабынан алыўға ҳақылы.
Мәмлекет денсаўлықты сақлаў системасын, оның мәмлекет ҳәм мәмлекетлик емес формаларын, медициналық қамсызландырыўдың ҳәр қыйлы түрлерин раўажландырыў, халықтың санитария-эпидемиологиялық саламатлығын тәмийинлеў илажларын көреди.
Мәмлекет денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыў, халық арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ушын шараятлар жаратады.